Бала үлкенлерге қарағанда руўхый ҳәм физикалық жақтан бир қанша әззи ҳәм морт болады. Егер ата-аналар компьютер, интернет мәселесине жетерли итибар бермесе, перзент тәрбиясында үлкен машқалалар жүзеге келетуғыны анық. Қәнигелердиң пикиринше, виртуал әлем тутқынына айланған балаларда төмендеги кеселликлер көзге тасланады:
Электромагнит толқынларынан нурланыў. Бул жағдай балалар ушын еки есе қәўипли. Баланың мийи бузылыўы ҳәм иммунитет пәсейиўи менен байланыслы эндокрин кеселликлерге бейим болып қалады, ҳәттеки онкологиялық қәстеликлерге шалыныўы да мүмкин.
Перзент руўхый зорығыў — «стресс» астында қалады. Виртуал әлемге «кирип кеткен» бала ҳеш нәрсени еситпейди, көрмейди, ҳәмме нәрсени умытады. Бундай жағдайда оның руўхыяты күшли тынышсызланыў тәсиринде болады.
Әсиресе, мәнәўий зыян даўасы жоқ қәстелик есапланады. Бала мисли пластилинге уқсайды. Шеттен алып атырған хабарлары тәсиринде оның көзқараслары ҳәр түрли өзгерислерге ушырайды. Интернетке байланған балалар тийкарғы мағлыўматты виртуал әлемнен алатуғыны тәбийий. Балалардың ноутбук яки компьютерлерден билим алыўы, ақылды өсириўши ойынлар ойнаўы яки китап оқыў ушын пайдаланыўы жүдә кем ушырасатуғын жағдай. Әдетте, ол ата-анасы, оқытыўшылары реал турмыста қайтаратуғын, мәнәўий тосқынлық болатуғын хабарларды ийелеўге умтылады. Интернеттен ағып кирген бузықлық, әдепсизлик баланың санасына қатты орналасып қалады.
Китапқа, оқыўға қызығыўшылық оның санасынан қысып шығарылады. Оның билимлилик, саўатлылық дәрежеси төменлеп кетеди, дүньяқарасы ойынлар, социаллық тармақлар ҳәм виртуал сөйлесиўлер менен ғана шекленип қалады. Бала ойлаўды тоқтатады, себеби, ол қәлеген нәрсесин интернеттен таўып ала береди.
Балада әтираптағы адамлар менен сөйлесиў зәрүрлиги жоғалады. Реал дүнья екинши орынға түсип қалады. Турмыстағы дослар ҳәм жақынлар социаллық тармақтағы жаңа мыңлап дослар ҳәм сүўретлер алдында әҳмийетин жоғалтады.
Баланың адамлар менен қатнас жасаў уқыплылығы сөнеди. Интернетте өзин «қаҳарман» сезетуғын бала турмыста еки гәпти бир-бирине қоса алмайды, өзин адамлардан шетке алатуғын болып қалады, теңлеслерине араласып кете алмайды. Барлық әдеп-икрамлылық қәдириятлар оның ушын мәнисин жоғалтып, орнына пәтиўасыз тил, жазадан қорықпаў, жуўапкерсизлик сезими ҳәм жаман нийетлер қәлиплеседи, күш алады. Умтылыслар сөнеди. Булардан да қәўиплиси, баланың уятсызлықты, бузғыншы диний ағымлар идеяларын яки миллетшилликти үгит-нәсиятлаўшы сайтлар тәсирине түсип қалыўы есапланады.
Баланың көриў қәбилети жүдә тезлик пенен төменлеп кетеди. Үлкен, сапалы монитордағы сүўретлерди де аңламай қалыўынан шағым етеди. Дәслеп, көздиң қызарыўы ҳәм аўырыўы, ал кейин көриў қәбилетиниң әззилеўи, «қурғақ көз» синдромы ҳәм басқа қәўипли көз кеселликлерине жолығады.
Кем ҳәрекетли турмыс тәризи баланың омыртқа бағанасы ҳәм булшық етлериниң кеўилдегидей раўажланбаўына себеп болады. Булшық етлер күшсизленеди, киширейип салбырап турғандай болып қалады. Омыртқа бағанасы қыйсайып, әсте-ақырын бүкирлик ҳәм сколиоз жүзеге келеди. Ал, олардың изинен остеохондроз кәстелиги еретуғыны анық. «Билек туннели» синдромы да компьютер тутқынларына тән кеселлик есапланады. Бул кеселликке шалынғанлардың билек ҳәм шығанақларында күшли аўырыў пайда болады.
Тез шаршаў ҳалаты күшейип, күйип-писиў ҳәм ашыўланыў күшейеди, денениң кеселликлерге қарсы гүресиўи әззилеп кетеди.
Басы турақлы аўыратуғын, уйқысы көп бузылатуғын, күтилмегенде басы айланатуғын ҳәм көз алдының қараңғыласыўы тез-тез бақланатуғын болып қалады. Жүрек қан-тамыр системасының хызмети бузылады.
Мойын әтирапының зорығыўы себепли мийде қан жақсы айланбайды ҳәм оның кислородқа болған талабы керегинше қанаатландырылмайды. Ал, бул бас аўырыўы, турақлы диңке қурыўы, пикир шашырандылығы, ярым ҳуўышсызлық, есинен кетиў ҳәм басқа кеўилсиз ҳалатларға алып келеди.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Идрисов Абдурaуф.