Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Б.Искендеров райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, мектепке «Умный класс» жойбары тийкарында Россия Федерациясы Санк-петербург қаласынан келип оқыўшы жасларға билим берип атырған оқытыўшы Алексеева Юлия Ураловна менен ушырасты ҳәм муғәллимди 8- март Халық аралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қутлықлап, районымыз жасларына билим бериўде аянбай ислеп атырған мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети