Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 4-санлы “Күнхожа” сайлаў округинен депутат Б.Искендеровтың өз округ сайлаўшылары менен ушырасыў мәжилиси болып өтти.
Ушырасыўға аймақ турғынлары, мәҳәлле белсендилери қатнасты. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
31-августтағы ПП-213-санлы Пәрманының, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги 408-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарарларының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин ҳаққында кеңнен тоқталып өтилди.
Ушырасыў барысында пуқаралар тәрепинен қызықтырылған усыныс ҳәм сораўларға депутат тәрепинен жуўаплар берилди.