КЕГЕЙЛИДЕ ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫНА ТИЙКАР ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ДЕПУТАТЛАР ҚАДАҒАЛАЎЫНДА

03.03.2023 11:47:03 151 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты А.Кушетова Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында округ аймағында белгиленген объектлердеги қурылыс-оңлаў жумысларының орынланыў барысы бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

Қарар тийкарында райондағы “Гүжим терек” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында 1,0 км ишки жолларды оңлаў ҳәм 2,35 км аралықта таза ишимлик суў тармақларын қайта ремонтлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Қурылыс-оңлаў жумыслары белгиленген график тийкарында алып барылмақта.

Буннан тысқары депутат Г.Жуманазарова басшылығында “Халқабад” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында қарар тийкарында белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша үйрениў жумыслары алып барылды

03.03.2023 11:47:03 152