Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен халықтың турмыс пәраўанлығын жақсылаў бойынша әмелге асырылған жумыслар нәтийжеси бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди

27.02.2023 11:05:53 190 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районы ҳәкимлигинде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен халықтың турмыс пәраўанлығын арттырыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесине арналған баспасɵз конференциясы ɵткерилди. Хабарыңыз бар, Өзбекистан Республикасы  Президентиниң 2021-жыл 3-декабрь күнги ПП-29-сынлы ҳəм ПҚ-31-санлы қарарларында Мəҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бəнтлигин тəмийнлеў ҳəм кəмбағаллықты қысқартырыў мəселелери бойынша ҳəким жəрдемшилери искерлигин шөлкемлестириў лаўазымы енгизилди.

Усы арқалы, 2022-жыл басында Кегейли районында Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен райондағы 13 476 хожалықлар толық хатлаўдан өткерилди. Хатлаў нәтийжесинде районда жәми 7979 жумыссыз анықланды. Үйренилген хожалықларды 4 тайпаға ажратып алынды.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 1208 пуқараға 29 млрд 410,3 млн.сумлық, кредит қаржылары ажратылып ҳəким жəрдемшилери тəрепинен киши жойбарлар əмелге асырылды. Район аймағында өткен 2022-жыл ҳəким жəрдемшилери тəрепинен ҳəр аймақта 2 ҳəм 3 жойбардан, жəми 41 жойбар шөлкемлестирилген болып 124 турақлы жумыс орынлары жаратылған. Пуқаралардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы, оларға мийнет қураллары ҳәм əспап-үскене алып бериў бойынша жəми 368 пуқараға 1 млрд 416,7 млн.сумлық субсидия  қаржылары ажратылды.

         Соннан, 87 пуқараға 411,7 млн.сумлық киши ыссыхана ҳəм суўғарыў үскенелери алып берилди.

Жумыссыз пуқаралар, кем тəмийнленген шаңарақ ағзалары ҳəм сырт ел мийнет миграциясынан қайтып келген шахсларға, олардың бəнтлигин тамийнлеў мақсетинде шөлкемлестирилетугын аўыл-хожалық кооперативлери устав фондына үлес сыпатында киритиў ушын пал ҳəррешиликти ҳəм ешкишиликти раўажландырыў бойынша 8 ислеп шығарыў кооперативлери ашылып мəмлекет тəрепинен 227 пуқараға 681,0 млн.сўм субсидия ажыратылды.

Исбилерменлик ҳəм өзин-өзи бəнт қылыў искерлигин басламақшы болған жумыссыз, соннан “Темир дəптер”, Ҳаяллар дəптер” ҳəм “Жаслар дəптер”не киритилген пуқараларға керекли əсбап-үскене ҳəм мийнет қураллары сатып алыў ушын мəмлекет тəрепинен жəми 54 пуқараға 324,0 млн.сўм субсидия ажратылған болып, аўыл хожалығы жерлерин ижараға бериў мақсетинде бугинги кунде “E-AUKSION”  саўда майданшасына 2022-жылда 442,5 га жер майданы 785 лотларға бөлинип аукционға жайластырылып пуқараларға толық ажратып берилген. Кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыўға 886 пухаралар жиберилип, “Жумысқа мәрҳәмат” моноорайлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес тәлим орайларында оқытылды. 7247 пухараның бәнтлиги тәмийинленди. Соннан
4886 пухара турақлы жумыс орынларына, 769 пухара ҳақы төленетуғын жамийетшилик жумысларына, 2024 пухара өзин-өзи бәнт қылынды. Районымызда 2 қыйтақ жер хызмети шөлкемлестирилип, бүгинги күнде хожалықлар менен шәртнама дузилип, қыйтақ жерлерге хызмет көрсетилмекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

27.02.2023 11:05:53 191