ИНСАН ҲУКЫҚЛАРЫ МИЛЛИЙ ТӘЛИМ БАҒДАРЛАМАСЫ ТИЙКАРЫ

27.02.2023 10:36:39 189 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл  7-февральдағы «Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПҚ-46-санлы қарары қабыл етилди.

Инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәр бир мәмлекеттиң баслы ўазыйпасы болып есапланады, инсан өзиниң ҳуқықларын билиўи ушын оның ҳуқықый саўатханлығы билими, ҳуқықый мәденияти болыўы тийис.

Өйткени, 2020-2024-жыллар даўамында инсан ҳуқықлары тараўында билимлерди бериў арқалы жаслардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейттириўге қаратылған Инсан ҳуқықлары тараўындағы  дунья жүзинде имканиятларын кеңейттириўге қаратилган Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жаҳан билимлендириў дәстүриниң төртинши басқышы алып барылып атырған бир ўақытта  инсан ҳуқықлары бойынша билимлерди үйретиўди Өзбекстан Республикасының Миллий билимлендириў тараўына енгизилиўи оғада әҳмийетли болып есапланады.

Усы басқыш даўамында жасларды теңлик инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм басқа пуқараларға болған кемситиўлерге жоқ қоймаўлары, жоқары ҳукықый мәдениятлы болып жетисиўлери ушын жетерли билимлерди бериў талап етиледи.

Бирақ, бизиң мәмлекетимиздеги орта билимлендириў мекемлеринде, академик лицей хам техникумларда, Жоқары оқыў орынларында инсан ҳуқықлары, ҳаяллар ҳуқықлары, бала ҳуқықлары бойынша билим бериў бойынша оқытыў толық жолға қойылмаған, бул тараўды қаржыландырыў мәселеси шешилмегенлиги себепли усы бағдарда сабақлықлар ҳәм жетерли дәрежеде қәнийге болған оқытыўшылар менен тәмийнленбеген.

Тараўдағы кемшиликлер халықтың, жаслардың инсан ҳуқықлары тараўындағы ҳуқықый саўатханлығын асырыўға, оларда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳурмет сезимин қалиплестириўге, мәмлекет хызметшилериниң инсан ҳукықлары ҳәм гендер теңлик тараўларындағы билим ҳәм көнликпелерин асырыўына тосқынлық етип киятыр.

Сол себепли, Президентимиз қарарында инсан ҳуқықларын бойынша билимлендириў бағдарының енгизилиўи ҳәм бул бағдарлама  мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлериниң ҳуқықый саўатханлығын асырыў ҳәм баҳалап барыў тәртибин орнатыў, бул тараўда жоқары дәрежедеги билимлерге ийе болған илимий ҳәм илимий-педагогик кадрларды таярлаў ҳәм тараўда фундаментал излениўлер мақсетинде «Инсан ҳуқықлары» институти шөлкемлестириў, бул оқыў жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институти болып, онда тийкарынан юридикалық ҳәм социалогия пәнлери  бойынша оқылатуғынлығы белгиленген.

Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўында Миллий билимлендириў дәстүриниң тийкарғы мақсети – Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң инсан ҳуқықлары тараўындағы билим ҳәм тәрбия ҳаққындағы Жаҳан билимлендириў дәстүриниң төртинши басқышын бизиң мәмлекетимизде де әмелге асырыў,  сондай-ақ халықтың барлық барлық қатламларын инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери ҳаққындағы миллий ҳәм халық аралық стандартлар ҳаққында хабардар етиў ҳәм усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин асырыўдан ибарат болады.

Бағдарламада ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ушын инсан ҳуқықлары, қыйнаққа қарсы гүресиў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў ўазыйпаларыда жүклетилген.

Жуўмақлап айтқанда, бағдарламада кеңнен белгиленген ўазыйпалар ҳәм бағдарлар мәмлекетимиз жасларының, халықтың ҳукықый саўатханлығын асырыўға хам мәмлекетлимизде шын мәниде инсан ҳуқықларының тәмийнлениўине хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

судының судьясы

Кайрат Кыпшакбаев

27.02.2023 10:36:39 190