Кегели районы ҳәкимлигинде Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бɵлими баслығы Г.Хожамбергеновалардың қатнасыўында ҳаял-қызларды кәсип-ɵнерге оқытыў бойынша әмелге асырылған жумысларға арналған ашық сәўбет шɵлкемлестирилди.
Оған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты. Сәўбет даўамында атап ɵтилгениндей, Кегейли районында хожалық саны 13 702, халық саны 73598, жәми
ҳаял-қызлар саны 36 694 қурайды. ϴткен 2022-жыл даўамында «Ҳаяллар дәптерине» киргизилген жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кәсип-ɵнерге оқытыў жумыслары алып барылған болып, быйылғы жылда да бул жумыслар басқышпа-басқыш даўам еттириледи. 2023-жылда 4-басқыш «Ҳаяллар дәптери»не социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж 2076 ҳаял-қызлар қиргизилген болып, соннан 1-тайпа социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз (бәнтлиги тәмийинленбеген, жумыс ислеў қәлеўин билдирген, дәрамат дерегине ийе болмаған мүтәж ҳаял-қызлар) 1102 ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийнлеў мақсетинде, мағлыўматы ҳәм кәсипке ийе болмаған ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм ийелеген кәсиби бойынша бәнтлигин тәмийнлеўге көмеклесиўилажлары алып барылады.
Сондай-ақ, мәнилли дизимлери қәлиплестирилген 302 ҳаял-қызларды түрли жɵнелислер бойынша кәсип-ɵнерге оқытыў илажлары кɵриледи. Бүгинги күнге шекем бул ҳаял-қызлардан 64 ҳаял-қызлар исбилерменлик жɵнелиси бойынша оқытылған болып, оларға жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў ушын тийисли тәртипте усыныслар берилген.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети