Ҳәр ким мийнет етиӯ, еркин қәсип таңлаӯ, нызамда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныӯ ҳуқықына ийе. Шахслардың бул ҳуқықлары Конституциямызда ҳәм, Инсан ҳуқықлары бойынша Дүнья жүзилик Декларациясы нормаларында ҳәм белгиленген.
Конституция нормасының ислеуин тәмийнлеӯ, шахслардың бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары менен байланыслы ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын тәртипке салыӯ мақсетинде мәмлекетимизде биринши мәрте 1995 жылда Мийнет кодекси қабыл етилген еди. Бирақ бул кодекс нормаларының ҳәзирги заман талапларына толық рәӯиште жуӯап бере алмай атырғанлығы, ондағы базы нормаларының әмелиятқа киритилиӯинде қатар машқалалар жузеге келгенлиги бул тараӯдағы мунасибетлерди туптен реформалаӯ зәрүриятын жузеге келтирди. Нәтийжеде Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Мийнет кодексиниң жаңа тақылеттеги жойбары ислеп шығылды ҳәм бул жойбар Олий Мажлис палаталары тәрепинен мақулланды.
2022 жылдың 28-октябрь күни мәмлекет басшысы тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаӯ туӯрысында»ғы Нызамға қол қойылды.
Қабыл етилгенинен 6 ай өтип, яғный 30 апрелден баслап күшке киретугын бул кодексте хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларына кепиллик бериӯ, олардың мәжбүриятларын белгилеӯге байланыслы көплеп жаңа нормалары киритилген.
Атап айтқанда, Жаңа Мийнет кодексине киритилген әҳмийетли өзгерислердиң көпшилиги хызметкерлердиң дем алыс күни менен байланыслы. Мәселен, егер дем алыс күни исленбейтуғын байрам күнине туӯры келип қалса, дем алыс күни байрамнан кейинги күнге көширилиӯи белгиленди. Буннан тысқары, жумыс күни даӯамында хызметкерге дем алыс ҳәм аӯқатланыӯ ушын берилетуғын тәнепислердиң даӯамыйлығы ҳәм нызамда көрсетип өтилди ҳәм 30 минуттан еки саатқа шекем болған мүддет пенен шегараланды. Амелдеги нызамшылық нормаларына көре, бул тәнепислердиң муғдары шөлкемниң ишки мийнет тәртип қағыйдаларында, смена графиклеринде ҳәм басқа ишки локал ҳүжжетлерде белгиленеди.
Жыллық тийкарғы мийнет дем алыслары ең кем мүддетиниң даӯамыйлығы ҳәм узайтырылды. Әмелдеги мийнет нызамшылығына көре, ҳәр жылғы тийкарғы ен кем мийнет дем алысы он бес күнди қурайды. Жаңа Мийнет кодексинде болса, бул мүддет жигирма бир календарь күни етип белгиленди. Себеби, Халықаралық Мийнет шөлкеминиң «Ҳақ төленетуғын мийнет дем алысы туӯрысында»ғы конвенцияның 3-статьясында бир жыллық жумыс ушын берилетуғын мийнет дем алысы муғдары ҳәр қандай ҳалатда үш жумыс ҳәптесинен кем болмаӯ кереклиги белгиленген. Киритилген бул өзгериске көре, хызметкерлердиң жыллық тийкарғы мийнет дем алысы мүддети халықаралық стандартларға муӯапықластырылды.
Сондай-ақ, хызметкерлерге жыл даӯамында берилиӯи мүмкин болған ис ҳақы сақланбайтуғын дем алыстың мүддетлерине ҳәм өзгерислер киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде хызметкерге ҳәр қандай ҳалатда ҳәм бир жылда узағы менен 3 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс берилиӯи мүмкинлиги нәзерде тутылған.
Бирақ, жаңа Мийнет кодекси нормаларына көре, карантин шаралары әмелге асырылып атырғанда, айрықша жағдай жүзеге келгенде ҳәм пүткил халықтың яки оның бир бөлегиниң өмирине яки нормал жасаӯ шараятларына қәуип салыӯшы басқа жағдайларда хызметкер 6 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс алыӯы мүмкин. Соған байланыслы болған әҳмийетли жаңалықлардан және бири хызметкерге ис ҳақы қысман сақланатуғын дем алыслар бериӯ туӯрысында нормалар ҳәм киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде бундай нормалар сәӯлеленбеген еди.
Хызметкерлер ушын унамлы болған өзгерислерден және бири соннан ибарат, келешекте ис ҳақы яки басқа төлемлердиң төлеӯ мүддети кешиктирилген күнлер ушын компенсация алыӯ ҳуқықына ийе болады.
Бул пуллы компенсация Өзбекситан Республикасы Орайлық банкниниң сол ӯақытта әмелде болған қайта қаржыландырыӯы ставкасынынан келип шыққан ҳалда төленеди ҳәм оның муғдары кешиктирилген ҳәр бир күн ушын усы қайта қаржыландырыӯ ставкасының он пайызы муғдарында белгиленди.
Тийкарғы өзгерислерден және бири-жаңа Мийнет кодекси күшке киргеннен соң ис бериӯшилер өз басламасына көре, хызметкерди пенсияға шыққанлығы мүнәсибети менен жумыстан босата алмайды. Әмелдеги Мийнет кодекси нормаларында ис бериӯшиниң басламасына көре, кеминде еки ай алдын ескерткен ҳалда, хызметкерди нызамда нәзерде тутылған пенсия жасына толғаннан кейин жумыстан босатыӯ мүмкинлиги келтирилген еди. Бирақ, жаңа Мийнет кодексинде хызметкердиң пенсия жасына толыӯы мүнәсибети менен ис бериӯши тәрепинен босатылыӯы мүмкинлиги туӯрысындағы бәнт алып тасланды.
Қулласы, жаңа Мийнет кодексинде хызметкерлердиң ҳуқық ҳәм мәжбүриятларына байланыслы көплеп жаңалықлар өз көринисн тапқан.
Судья Б.Торебаев