ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында.

22.02.2023 12:16:18 129 Баспаға шығарыў

Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының 6, 24 статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы кең түрде нышанлансын.
  2. Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажлары 2023 жылдың ноябрь айында өткерилиўи белгиленсин.
  3. Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша шөлкемлестириў комиссиясының қурамы усы шешимге қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Шөлкемлестириў комиссиясы (Д.Утемуратов):

– бир ай мүддетте Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша шөлкемлестириў-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәмде үгит-нәсиятлаў жумыслары бойынша район Бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин;

– Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– барлық аймақларда халықтың кең қатламлары ортасында районның дүзилгенлигиниң 95 жыллық байрамына бағышлап руўхый-ағартыўшылық илажларын, ушырасыўлар, ашық сөйлесиўлер, әдебий-көркем кешелер, әҳмийетли темалар бойынша пикир алмасыўлар ҳәмде мәдений илажларды шөлкемлестирсин;

– усы мақсетте белгили илим-пән ғайраткерлери, дөретиўши зиялылар, мәденият ҳәм көркем-өнер шеберлеринен ибарат үгит-нәсиятлаў топарларын дүзиў ҳәмде олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўын жолға қойсын;

– байрам бағдарламасын таярлаўда массалық тамашалар бойынша жоқары тәжирийбеге ийе болған сахналастырыўшы режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар компазитор ҳәм балетмейстрлар, сахна художниклери, инталы жас атқарыўшылар, жыраў ҳәм бақсышылық өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўши топарларын кеңнен тартсын;

– районның дүзилген ўақтынан усы күнге шекем болған район тарийхын өз ишине алатуғын китап таярлаў ҳәм баспадан шығарыў, сондай-ақ районның раўажланыўы ушын үлес қосқан басшылар ҳәмде пидайы мийнет ветеранларының жумыслары сәўлеленген фотоальбом таярлаў илажларын көрсин;

– байрам мунасибети менен кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, «Темир дәптери», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не киритилген ҳәмде жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳал-жағдайларынан хабар алыў ҳәм оларға бийғәрез жәрдем бериў менен байланыслы қайырқомлық илажларын әмелге асырсын.

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, Г.Хожамбергенова) районлық мәденият бөлими (С.Хожанов) ҳәм республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими (Б.Матеков) менен биргеликте районның дүзилгенлигиниң 95 жыллық байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған концерт бағдарламасын ҳәм сценарийин ислеп шықсын;

– байрам концерти бағдарламасын тәжирийбели дөретиўшилер, жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелерди тартқан ҳалда идеялық ҳәм көркемлик жақтан жоқары дәрежеде таярлаў илажларын көрсин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов) районлық мәденият бөлими (С.Хожанов), республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими (Б.Матеков), районлық мәлимлеме китапхана орайы (А.Ешбаева), Кегейли турмысы газетасы (Е.Мухамбетов), туризм ҳәм спорт бөлими (А.Досчанов), мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими (Т.Давлетов), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Төремуратов) ҳәмде тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– байрам илажлары алдынан районымыздың экономикасын беккемлеўде өзлериниң пидәкерлик мийнети менен үлес қосқан мийнет ветеранларының орынларда жаслар менен ушырасыўларын шөлкемлестирсин;

– байрам мунасибети менен ҳар түрли спорт жарысларын ҳәм миллий спорт ойынлары жарысларын шөлкемлестириў;

– районнның дүзилгенлигиниң 95 жыллығына бағышланып тарийхий музей шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Қ.Атамуратов, И.Абылбаев), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары менен биргеликте мәҳаллелерде, елатлы пунтлерде, көшелерде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын кеңнен ен жайдырсын.
  2. Кегейли районының дүзилгенлигине 95 жыл толыў мунасибети менен өткерилетуғын байрам илажларын қаржыландырыў районның жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери ҳәм қәўендерлердиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаў бойынша Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарарын шығарыўда ҳәм республика бюджети қаржылары есабынан қаржы ажыратыўда әмелий жәрдем көрсетиў соралсын.
  4. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлиминиң билимлендириў тараўын раўажландырыўда айрықша орыны бар болған 1-санлы (бурыңғы М.Горький атындағы) мектептиң дүзилгенлигиниң 95 жыллық байрамын нышанлаў бойынша усынысы мақуллансын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, З.Мамбеткаримов), районлық халық билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов), тийисли шөлкемлер менен биргеликте Кегейли районы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық ис-илажлар режесин ислеп шықсын.
  6. “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) районның дүзилгенлигиниң 95 жыллығына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды ҳәр тәреплеме жарытып барсын.
  7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң тараўлар бойынша орынбасарларына ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.
  8. Кегейли районының дүзилгениниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм    жоқары дәрежеле өткериў бойынша шөлкемлестириў комиссиясыныңҚУРАМЫ
    1. Утемуратов Д.М. Кегейли районы ҳәкими, шөлкемлестириў комиссиясы баслығы
    2. Ниязов М.Г. Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, комиссия баслығының орынбасары
    3. Абылбаев И.Ж. Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары
    4. Өтениязов П.Т. Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары
    5. Атамуратов Қ.Ж. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары
    6. Аманбаев А.Т. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары- инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы
    7. Хожамбергенова Г.М. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм                ҳаял-қызлар бөлими баслығы
    8. Утегенов У.Қ. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң секретариат баслығы
    9. Жиемуратов Қ.С. Кегейли районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел қылыныўын тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтшиси
    10. Даўенова Н.У. Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы
    11. Мамбеткаримов З.Д. Кегейли районы ҳәкимлиги бас қәнигеси
    12. Адилбеков Н.У. Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы
    13. Давлетов Т.Е. Кегейли районы мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары
    14. Хожанов С.Е. Кегейли районы мәденият бөлими баслығы
    15. Ибрагимов Дж.Ж. Кегейли районы финанс бөлими баслығы
    16. Бекимбетов Қ.Б. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлими баслығы
    17. Досбергенов М.Т. Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығы
    18. Ерниязова Г.Ж. Кегейли районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы
    19. Ережепов Р.Б. Кегейли районы аўылхожалығы бөлиминиң баслығы
    20. Хошанов М.С. Кегейли районы абаданластырыў басқармасы баслығы
    21. Конратбаев Т.Б. Кегейли районлық телекоммуникация тармағы баслығы
    22. Ембергенов Ж.Б. Кегейли районлық электр тәмийинлеў кәрханасы баслығы
    23. Утепова Н.А. Кегейли районы архитектура ҳәм қурылыс бөлими баслығы
    24. Наўбетуллаева Г.У. Кегейли районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлык ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы
    25. Юсупова Г.Ж. Кегейли районы мәмлекетлик архиви директоры
    27. Төремуратов А.Б. Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы
    28. Мухамбетов Е.Қ. “Кегейли турмысы” газетасының редакторы
    29. Айымбетов М.М. Кегейли районлық статистика бөлими баслығы
    30. Матеков Б.Е. Қарақалпақстан Республикасы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлими баслығы
    31. Ешбаева А.А. Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайы директоры
    32. Каримбердиев О.Б. «Таза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы Кегейли бөлими баслығы
    33. Пирназаров Т.А. Кегейли районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы баслығы
    34. Нзанов С.М. “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” филиалы “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими
    35. Таўбаев А.С. «Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийети «Қарақалпақсуўтәмийнаты» ЖШЖ Кегейли районы филиалы
    36. Рустемов Д.С. Мәмлекетлик кадастрлар палатасы ҚР басқармасы Кегейли районы филиалы баслығы
    37. Есенова З.П. Кегейли районы почта байланысы бөлими баслығы

     

    38. Қаржаўов А.М. Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Кегейли районлық бөлимшеси баслығы
    39. Панаев Ш.Е. Кегейли районы нуранийи
    40. Аметов М. Кегейли районы нуранийи
    41. Камалов М. Кегейли районы нуранийи
    42. Лаўазымы бойынша Кегейли районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары
    43. Конратбаев С.Б. Кегейли районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў-кадрлар топары жетекши қәнигеси, шөлкемлестириў комиссиясының хаткери

     

    Ескертиў: Шөлкемлестириў комиссиясы ағзалары басқа жумысқа өткен жағдайда оның орнына комиссия қурамына усы лаўазымға тайынланған шахслар киритиледи.

22.02.2023 12:16:18 130