Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўы бойынша 2022-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2023-жылға прогноз көрсеткишлерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры орынбасары Б.Камаловтың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўы бойынша 2022-жылда әмелге асырылған жумыслары ҳәм 2023-жылға прогноз көрсеткишлери ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жыл ушын прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, П.Өтениязов, Қ.Атамуратов, А.Аманбаев), Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (Б.Камалов), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ.Алланазаров), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (О.Султанов), мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Д.Ордашов):
– халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жыл ушын прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– ҳәр шеректиң жуўмағы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жыл ушын белгиленген прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы туўралы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессияларында есабат берип барыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) ҳәм район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.Кегейли районында 2023-жылда халықты турақлы, ўақтыншалық ҳәм мәўсимлик жумысларда бәнт қылыў мақсетли көрсеткишлери
№ Қала ҳәм районлар 2023-жылда турақлы, ўақтыншалық ҳәм мәўсимлик жумысларда бәнт қылыў Инвестиция, сыртқы саўда ҳәм жергиликли санаатты раўажландырыў соннан: Аўыл, суў ҳәм орман хожалығы Хызмет көрсетиў ҳәм исбилерменлик Тармақ Аймақ – лық Жәми соннан: Жәми соннан: Жәми соннан: Турақлы Мәўсимлик Легаллас –
тырыўТурақлы Мәўсимлик Турақлы Мәўсимлик, ўақтыншалық Легаллас –
тырыў1 Кегейли районы 7 571 2 336 4 162 1 073 460 200 260 4 296 450 3 846 2 815 1 426 316 1 073