ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-64-196-13-184-K/22-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.

22.02.2023 12:11:41 238 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарарына муўапық ҳәмде Кегейли районлық финанс бѳлиминиң 2023-жыл 27-январьдағы 01-35-212/20-02-38/10-санлы хатын инабатқа алып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022 жыл
    30-декабрьдеги 300/XL-санлы қарары менен Кегейли районының 2023 жылғы жергиликли бюджетиниң дәраматлар ҳәм қәрежетлер прогноз көрсеткишлериниң белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022 жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-64-196-13-184-K/22-санлы шешиминиң 1, 2, 3, 4, 5- қосымшаларына тѳмендегише өзгерислер киритилсин:

– Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

– Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 3-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары 4-қосымшаға муўапық;

– 2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық өзгерислер киритилсин.

– Кегейли районы район бюджетиниң 2023 жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары 6-қосымшаға муўапық;

– Тәртипке салыўшы дәраматлардан Кегейли районының бюджетине ажыратпаларының нормативлери 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:

– 2023-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин излеп табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;

– экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй                          жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;

– макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық системаны жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;

– аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;

– бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў иләжларын әмелге асырыў тапсырылсын.

– жергиликли бюджеттиң тастыйықланған қаржыларының 5 пайызына (артық болыўы мүмкин) тең муғдардағы қаржыларды жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген иләжларды қаржыландырыўға ҳәмде жергиликли бюджетте қәлиплескен қосымша дереклериниң 30 пайызын жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген иләжларды қаржыландырыў ушын Кегейли районы “Пуқаралар басламасы фонды”на жөнелтирилиўин тәмийинлесин.

  1. Районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов) ҳәм районлық салық инспекциясы (О.Султанов):

– жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;

– жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардың районның экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.

– бюджет  қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы ҳәм бюджет интизамына әмел етиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын;

– жергиликли бюджетке салықлар ҳәм басқада мәжбүрий тѳлемлердиң толық түсимин тәмийинлесин;

– жергиликли бюджет дараматлар базасын асырыў ҳәм қосымша резервлерди анықлаў зәрүрлигине айрықша итибар қаратсын.

  1. Халық депутатлары районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысы ҳәр шеректе сессияларда терең талқыланып барылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойыншатурақлы комиссиясына тапсырылсын.
  3. Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
  4. Усы шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкимлигине жүкленсин.

 

Кегейли районы бюджети дәраматларының 2023-жылдағы прогноз көрсеткишлери
 
  Дәрамат түрлери Жәми

(мыӊ.сўмда)

I ЖӘМИ 22 676 275,0
1 Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы 0,0
2 Айланбадан алынатуғын салық 320 000,0
3 Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 0,0
4 Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық 0,0
5 Қосымша қун салығы 0,0
6 Акциз салығы, жәми 0,0
   – бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан салық 0,0
7 Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық 679 000,0
8 Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық 1 350 000,0
9 Юридикалық түреплер жер салығы 1 031 000,0
10 Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы 5 150 000,0
11 Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық     (руда емес материаллары) 200 000,0
12 Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық 1 446 000,0
13 Бөлистирилетугын дәрамат 0,0
14 Мәмлекетлик үлеси болған карханаларды Меншиклестириўден түсетуғын салық 500 000,0
II Өткерип берилетуғын қаржылар 12 000 275,0
III Тарнсфертлер 118 570 074,0
  ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР 141 246 349,0

 

Кегейли районы район бюджетинен 2023-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары жойбары
 
т/н Көрсеткишлер Суммасы

(мың.сўмда)

  Жәми қәрежетлер 141 246 349,0
1 Районлық Халық билимлендириў бөлими 8 515 665,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 8 515 665,0
2 Районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими 6 837 107,0
Соннан
сақлаў қәрежетлери 6 837 107,0
3 Районлық Ден саўлықты сақлаў тараўы мәкемелери 44 238 029,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 44 238 029,0
4 Районлық мәданият тараўы мәкемелери 1 466 397,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 1 466 397,0
5 Районлық спорт тараўы мәкемелери 4 209 379,0
Соннан
сақлаў қәрежетлери 4 209 379,0
6 Районлық Фермер хожалықлары бухгалтериясы орайы 639 055,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 639 055,0
7 Районлық Абаданластырыў басқармасы 18 594 974,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 15 594 974,0
ишки жоллар 3 000 000,0
8 Районлық суў хожалығы мәкемелери 2 100 293,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 2 100 293,0
9 Районлық Ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими 1 245 835,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 1 245 835,0
10 Көп балалы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға напақалар ҳәм компенсациялар. 33 991 279,0
11 Жергиликли бюджетлерде ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында мәҳалле инфраструктурасын жақсылаў ушын 578 705,0
12 Сақлаўлы қор қәрежетлери 1 340 977,0
13 Пуқаралардың пикири тийкарында қәлиплескен иләжларға жөнелтириў 5 807 630,0
 14 Социаллық көнликпе орайлары. 51 713,0
15 Азатлықтан шеклеў жазасын өтеп болған пуқараларға «дәслепки соцциалық жәрдем пакети» қәрежетлерине 4 000,0
16 Районлық басқарыў уйымлары 9 974 235,0
Соннан
сақлаў қәрежетлери 9 974 235,0
17 Пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары қәрежетлери. 1 651 076,0
соннан
сақлаў қәрежетлери 1 651 076,0

 

 

2023-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары

 
Қала ҳәм район аты Дәраматлар

(мыӊ.сўм)

Қәрежетлер

(мыӊ.сўм)

1 Кегейли районы 22 676 275,0 141 246 349,0
Жәми 22 676 275,0 141 246 349,0

 

2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары
 
Район аты Тәртипке салыўшы трансфертлер

(мыӊ.сўм)

1 Кегейли районы 118 570 074,0

 

 

 

 

 

 

2023-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
   
Т/р Аймақлар атамасы Сақлаўлы қорлары муғдары

(мыӊ.сўм)

1 Кегейли районы 1 340 977,0

 

 

Кегейли районы район бюджетиниң 2023-жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары
     
   
Т/р Аймақлар атамасы Муғдар

(мыӊ.сўм)

1 Кегейли районы 920 000,0

 

 

Тәртипке салыўшы дәраматлардан Кегейли районының бюджетине ажыратпаларының нормативлери

Қ/с Салық түрлери пайыз
1 Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы 0
2 Физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы 0
3 Жеке тәртиптеги исбилерменлерден алынатуғын дәрамат салығы 100
4 Жеке тәртиптеги исбилерменлерден алынатуғын қатаң белгиленген салық 100
5 Айланбадан алынатуғын салық 100
6 Акциз салығы бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан 0
7 Юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық 100
8 Юридикалық шахслардың жер салығы 100
9 Физикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық 100
10 Юридикалық шахслардың жер салығы 100
11 Физикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық 100
12 Физикалық шахслардан алынатуғын жер салығы 100
13 Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) 100
14 Суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық (электрстанцияларынан тысқары) 100
15 Суў салығы электрстанциялары бойынша 0
16 Мәмлекетлик бажы 0
17 Жәриймалар 0
18 Жыйымлар 0
19 Мәмлекетлик үлеси болған кәрханаларды меншиклестириўден түсим 50
20 Мәмлекет мүлкин ижараға бериўден түсим 0
21 Физикалық шахсларға тийисли мал-мүлкти ижараға бериўден түсим 100
22 Мәмлекетлик унитар кәрханалардың сап пайдасынан ажыратпа 0
23 Көшпе саўда объиектин аукцион саўдалары арқалы өткериўден алынатуғын түсим 0

 

 

22.02.2023 12:11:41 239