Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы ПФ-60-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының 2022-жыл 2-декабрьдеги АФ-72-санлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дараматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў бөлими баслығы орынбасары Қ.Алланазаровтың 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дараматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы ПФ-60-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының 2022-жыл 2-декабрьдеги АФ-72-санлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дараматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов, А.Аманбаев, П.Өтениязов, И.Абылбаев, Қ.Атамуратов), шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дараматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сында белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин;
-“Жол карта”да белгиленген ўазыйпалардың ѳз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўге тийисли тараў басшыларының жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;
– ҳәр шеректе “Жол карта”да белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессияларында есабат берип барыў тапсырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесинин депутатлары “Жол карта”да белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын алып барсын.
- 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дараматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы материаллар ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда (Е.Мухамбетов, Н.Даўенова) кең түрде жарытып барылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялары ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовқа жүкленсин.