ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

22.02.2023 12:08:07 96 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып,сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл                   25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында Кегейли районы ҳәкими орынбасары, инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы А.Аманбаевтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, М.Ниязов, Қ.Атамуратов, А.Аманбаев, П.Өтениязов, И.Абылбаев), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың
2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги 127-13-184-Q/22-санлы шешими менен тастыйықланған ис-илажлар режесинде   белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлерде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

-ис-илажлар режесинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўы үстинен турақлы түрде мониторинг жүргизиў ҳам қадағалаў орнатыў;

– әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, А.Аманбаев) тастыйықланған ис-илажлар режесинде белгиленген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде жойбар басламашыларын ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаў, қолайлы шарт-шараятлар жаратыў бойынша зүрүр илажларды белгилесин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында инвестиция жойбарлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкими орынбасарларына жүкленсин.

 

22.02.2023 12:08:07 97