ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ:Кегейли районы сектор басшыларының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққында.

22.02.2023 12:06:54 112 Баспаға шығарыў

жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде район аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында 3-сектор баслығы Н.Адилбековтың ҳәм 4-сектор баслығы О.Султановтың есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм сектор басшылары (Д.Утемуратов, И.Абдуллаев, Н. Адилбеков, О.Султанов), тийисли тараўлар ҳәм қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте бағдарлама шеңберинде 2023 жылда Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларының өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша зүрүр илажлар белгилесин ҳәм бул бойынша қатаң қадағалаў орнатсын.
  3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары Бағдарлама шеңберинде мәнзилли дизимге муўапық объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаў орнатсын.
  4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Е.Мухамбетов), Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова) ҳәмде “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы менен биргеликте бағдарламада белгиленген райондағы социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы бойынша мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барсын.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы сектор басшыларына ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
22.02.2023 12:06:54 113