2023 жыл январь айында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 110 мүрәжат келип түскен, соннан 27 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылды, 22 мүрәжат ийесине ҳуқуқый мағлыўмат бериў арқалы шешилген, 1 мүрәжат мәселеси көрип шығыўдан бас тартылған, 1 мүрәжат мәселеси көрилместен қалдырылған, 29 мүрәжаат ийесине түсиник жумыслары алып барылған ҳәм 30 пуқараның мүрәжаты унамлы шешимин табыўы ушын қадағалаўға алынған. Район бойынша пуқаралардың мүрәжатларын қанаатландырыў дәрежеси 33,7% пайызды қураған.
Секторлар кесиминде 1-сектор бойынша жәми 19 мүрәжаттан 6 мүрәжат (31,6%), 2-сектор бойынша жәми 33 мүрәжаттан 11 мүрәжат
(33,3%), 3-сектор бойынша жәми 25 мүрәжаттан
4 мүрәжат (16%), 4-сектор бойынша жәми
33 мүрәжаттан 6 мүрәжат (18,2%) пайыз қанаатландырылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен “Нурлы-бостан”, “Абат мәкан”, “Жылўан жап” мәкан пуқаралар жыйынлары, “Абат”, “Ақтуба”, “Жалпақ жап”, “Ийшан қала” ҳәм “Көк өзек” аўыл пуқаралар жыйынларында физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары менен ислесиў жумысларының барысы үйренип шығылған. Үйрениў барысында “Жалпақ жап” (Н.Қалекеев), “Абат” (Н.Худайбергенов) аўыл пуқаралар жыйынларында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында бирқатар қәте-кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы анықланып, нәтийжеде Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызам талапларының бузылыўына жол қойылған.
Буннан тысқары бул пуқаралар жыйынларында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 1-марттағы ПП-81-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар белгиленбеген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар менен ислесиў бойынша алып барылып атырған жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар менен ислесиў бойынша алып барылып атырған жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы “Нурлы-бостан” (А.Қазақбаева), “Абат мәкан” (Д.Мадреймов), “Жылўан жап” (А.Мырзамбетов) мәкан пуқаралар жыйынлары, “Абат” (Н.Худайбаргенов), “Ақтуба” (А.Баймуратов), “Жалпақ жап” (Н.Қалекеев), “Ийшан қала” (А.Аўезов) ҳәм “Көк өзек” (Т.Жүндиллаев) аўыл пуқаралар жыйынлары тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманларының талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жетерли дәрежеде жумыс алып барылмай атырғанлығы ҳәмде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында еледе қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы өткир сынға алынсын.
- Кегейли районы “Абат” (Н.Худайбаргенов), “Жалпақ жап” (Н.Қалекеев) аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы талапларына әмел қылмаў, нәтийжеде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларында ири кемшиликлерге жол қойғанлығы көрсетип өтилсин, егерде алдағы ўақытлары бундай жағдайлар қайталанса интизамий жаза шаралары қолланылатуғынлығы ескертилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Б.Искендеров), Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими (Т.Давлетов) менен биргеликте пуқаралар жыйынларының “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының ҳәмде тараўға байланыслы қабыл етилген Президент Пәрманлары талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәр тәреплеме үйренип шықсын ҳәм халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына қарап шығыўга киритсин.
- Район ҳәкимлиги, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
-пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды унамлы ҳәм өз мүддетлеринде орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алыў;
– пуқаралар мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, әсиресе шараяты аўыр болған шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.