Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде:
– 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дәраматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.
– Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўы бойынша 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳәм 2023-жыл прогноз көрсеткишлерин тастыйықлаў ҳаққында.
Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.