ϴзбекстан Республикасы Президентинин 2021-жыл 3-декабрь күнги ПП-29 санлы Пәрманына тийкар, 2022 жылдың 10-январь күнинен баслап ҳәр бир мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымы енгизилди. Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен ɵткен бир жыл даўамында әмелге асырған жумысларының жуўмағы бойынша халыққа есабат бериў кестеси ислеп шығылған болып, бүгин Халкабад мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары тәрепине мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшииси Г.Жуманазарованың есабаты тыңланды.
Есабатта атап ɵтилиўинше, «Халқабад » мәкан пуқаралар жыйынында 516 хожалық бар болып, халык саны 2387 қурайды. Ҳәким жәрдемшиси тәрепинен алып барылған үйрениў жумысларының нәтийжеси менен мәҳәллениң ɵсиў ноқаты хызмет кɵрсетиў жɵнелиси етип белгилеп алынған.
Хатлаў дәўиринде анықланған жумыссыз ҳәм исбилерменликке қызығыўылығы бар болған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын 2022-жылда мәҳәллеге 1079,0 сўм муғдарында жеңиллетилген кредит ҳәм 221 млн. сўм муғдарында субсидия ҳәм пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында қосымша зәрүрликтен келип шығып және 300 млн сўм муғдарында жеңиллитилген кредит каржы ажыратылған. Нәтийжеде аймақтағы 53 пукараға исбилерменлик ушын жеңиллетилген кредит қаржылары, 53 пуқараға ɵзин бәнтлеў ушын субсидия есабынан әсбап-үскенелер алып берилген. Сондай-ақ, жумыссыз пуқараларды кәсипке окытыў, жумысқа орналастырыў жумыслары әмелге асырылған.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети