Район прокуроры ҳуқықый мәселе бойынша сораўларға жуўап берди

17.02.2023 12:12:42 551 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаевтың пуқаралардың ҳуқықый мәселелерге байланыслы мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша жеке қабыллаўы өткерилди. Жеке қабыллаўда турақ жай алыў ушын ипотека кредити қаржыларын ажыратыўдың ҳуқықый тийкарлары, турақ жайды ҳүжжетлестириў ҳәм ис ҳақыларын өндирип бериўде әмелий жәрдем бойынша мүрәжатлар көрип шығылды. Жәми қабыл етилген 10 мүрәжаттан 6 мүрәжат сол орынның өзинде ҳуқықый жақтан унамлы шешилди ҳәм 4 мүрәжатты нызам тийкарында үйренип шығып, орынлаўға қаратылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

17.02.2023 12:12:42 552