Район ҳәкимине жолланған мүрәжатлар үйренилди

17.02.2023 12:09:24 124 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигинде район ҳәкими Д.Утемуратовтың пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў ушын жеке қабыллаўы өткерилди.Қабыллаўда тәбийий газ тармағына жалғаўда әмелий көмеклесиў, бәнтлигин тәмийинлеў, жер, суў ҳәм кадастр мәселелери менен байланыслы болған мүрәжатлар қабыл етилди.

Қабыл етилген мүрәжатлар сол орынның өзинде тийисли тараўлар менен биргеликте ҳәр тәреплеме үйренилди. Орынланыўы ўақыт, мүддет ҳәм қаржы талап етилетуғын мүрәжатларды орнында үйренип шығып, район ҳәкимине усыныс киритиў бойынша тапсырмалар берилип, жуўмағы қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

17.02.2023 12:09:24 125