ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

17.02.2023 18:33:27 121 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы бойынша “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасының ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениўдиң төртинши басқышын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

17.02.2023 18:33:27 122