«Бир депутат – жүз ҳаялға көмекши» жойбары шеңберинде

16.02.2023 17:28:46 122 Баспаға шығарыў

«Бир депутат – жүз ҳаялға көмекши» жойбары шеңберинде  Халық депутатлары  Кегейли районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары баслығы Б.Искендеров  өзи сайланған аймақ “Мәденият” МПЖ аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери” дизиминде турған 2009-жылдан берли наўқаслықтан төсек режиминдеги пуқара Л.Абдижаппарованың ҳал-жағдайларынан хабар алды. Депутат Б.Искендеров аймақ потранажлары тәрепинен  пуқараны медициналық көриктен  өткериўди шөлкемлестирип, бийпул дәри-дармақлар  ҳәм азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди. Ушырасыў барысында депутат Б.Искендеров мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси Л.Уразбаева менен биргеликте пуқара Л.Абдижаппарова менен сәўбетлесиў өткерип, пуқараның машқаласын тыңлады. Машқаланың унамлы шешими бойынша тийисли  тараўларға депутатлық сораўын  жибериўип қадағалаўға алыў режелестирилди. Жойбар шеңберинде халық ўәкилиниң  үйрениў жумыслары орынларда даўам етпекте.

 

16.02.2023 17:28:46 123