УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ.

16.02.2023 10:15:30 112 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесине 22-санлы “Қылқалы” сайлаў округинен депутат Е.Мухамбетовтың округ сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў Кегейли районы 12-санлы ҳәм 35-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери имаратларында болып өтип, ушырасыўларға мектеп жәмәәтлери ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты. Ушырасыўларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған Президент Пәрманлары ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, сондай-ақ аймақта орын алып атырған машқалаларды шешиў илажлары ҳаққындағы мәселелерге тоқтап өтилди.

16.02.2023 10:15:30 113