Кегейли районында халықты қыйнап киятырған әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша тапсырмалар жүзесинен депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында

28.12.2020 17:16:38 273 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен комплекс раўажландырыў, сондай-ақ, халықты тәшўишке салып атырған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы барысында депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша есабатын еситип, билдирилген пикир ҳәм усынысларға тийкар, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

 

  1. Кегейли районы Халық қабыллаўханасы баслығы Арзымбетов Мурат Утамбетовичтиң Кегейли районын комплекс раўажландырыў, сондай-ақ, халықты тәшўишке салып атырған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы барысында депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Райондағы сектор басшылары (Д.Утемуратов, А.Бекимбетов, И.Салиев, С.Даулетбаев) Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрилген 5 баслама бойынша белгиленген тапсырмаларды жуўапкер болған мәкеме ҳәм кәрхана басшылары менен биргеликте сыпатлы орынланыўын тәмийинлесин ҳәм жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылсын.
  3. Халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары сектор басшылары тәрепинен өткерилген ҳәр бир «Көшпели қабыллаў»ларды өткериўде ҳәм қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен келип түскен машқалалы мәселелерди сапластырыўда белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
  4. 4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына жүклетилсин.
28.12.2020 17:16:38 274