Кегейли районы ҳәкими орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Сейтимбетов Алишер Алланиязовичтиң район аймағында «Темир дәптер»ге киритилген шаңарақларды есаптан шығарыў, қосымша шаңарақларды «Темир дәптер»ге киритиў ҳәм есапта қалған шаңарақларға қәўендерлер бириктириў бойынша усынысы ҳаққында

28.12.2020 17:13:56 221 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 28-май күнги 35/IV-санлы сессия қарарын орынлаў мақсетинде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының
6-24-статьяларына, сондай-ақ, Кегейли районы ҳәкими орынбасары-Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетовтың усынысына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Район аймағында «Темир дәптер»ге киритилген шаңарақларды есаптан шығарыў, қосымша шаңарақларды «Темир дәптер»ге киритиў ҳәм есапта қалған шаңарақларға қәўендерлер бириктириў бойынша Кегейли районы ҳәкими орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетовтың усынысы мақуллансын.
  2. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң орынлардағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының «Темир дәптер»де есапта болған
    53 шаңарақларды дизимнен шығарыў бойынша дизими 1-қосымшаға муўапық;

– үйрениў даўамында жасаў шараяты тѳмен екенлиги анықланған шаӊарақларды «Темир дәптер»ге киритиў бойынша дизими 2-қосымшаға муўапық;

– «Темир дәптер»ге жаңадан киритилген ҳәм есапта қалған 14 шаңараққа қәўендерлер бириктириў дизими 3-қосымшаға муўапық;

– «Сақаўат ҳәм көмек» фонды есап бетиндеги 76 млн сўм қаржылары
4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Кегейли районы сектор басшыларына ҳәм ҳәким орынбасарларына:

– Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў;

– халықты социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларының кескин кемейиўиниң алдын алыўда социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ўазыйпалардың өз мүддетлеринде нәтийжели ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

– районда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша айқын илажлар көриў;

– тийисли мәкеме ҳәм қәўендерлер менен биргеликте «Темир дәптер»де есапта қалған 55 шаңарақтың шаңарақ ағзаларын турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм субсидия тийкарында ыссыханалар қурып бериў арқалы кем тәмийинленгенлер дизиминен шығарыў бойынша жумысларды және де күшейттириў тапсырылсын.

  1. 4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық  Қеӊесиниң  “Социаллық  мәдений  тараўды раўажландырыў, шаӊарақ, ҳаял-қызлар  ҳәм  жаслар  мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) ҳәм район ҳәкими орынбасары-Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығына (А.Сейтимбетов) жүклетилсин.
28.12.2020 17:13:56 222