«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында »ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы ҳаққында»

15.12.2020 11:10:29 317 Баспаға шығарыў

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының 2020 жыл «18» декабрьдеги           01/07-санлы депутатлық сораўы тийкарында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы туўралы  мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

1«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы туўралы мәселе бойынша Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Район аймағындағы мәкеме, кәрхана ҳәмде тийисли шөлкемлер тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  2. Район ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди саплпастырыў ҳәмде алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  3. Барлық буўындағы районлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына:

– ис ҳүжжетлерин жүритиўде қарақалпақ тилиниң илимий қағыйдалары ҳәм өлшемлерине қатаң әмел қылыў;

– ҳүжжетлер менен ислесиў жумысларын “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам талаплары тийкарында дурыс жүргизиўди жолға қойыў;

– мәкеме атамасы жазылған сыртқы тақтайша, шығыс ҳүжжетлери, буйрық ҳәм бийликлер ушын қолланылатуғын мәкемениң рәсмий бланк қағазларын нызам талаплары тийкарында қайта көрип шығыў ҳәм тәртипке келтириў тапсырылсын.

  1. Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине (А.Алланиязова):

– улыўма орта билим бериў мектеплеринде ҳүжжетшиликти “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам талаплары тийкарында дурыс жүргизиўди жолға қойыў мақсетинде Мәмлекетлик тилде ис жүритиў тийкарларын оқытыў ҳәм билимин жетилистириў орайының Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы аймақлық бөлиминде кадрларды қайта таярлаў ҳәм билимин турақлы түрде жетилистирип барыў бойынша айқын иләжлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (Қ.Бекимбетов), район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси (Р.Исаков), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары:

– аймақлардағы сыртқы жазыўлар, атап айтқанда, реклама ҳәм дағазалар, көргизбели басқа да хабарландырыў текстлери, сондай-ақ, барлық саўда шақапшалары ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынларының атамаларының мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талаплары қағыйдалары тийкарында тәртипке келтириў бойынша айқын иләжар белгилеў;

– бул бағдарда тийисли шөлкемлер менен биргеликте орынларда халық арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыў;

– аймақлардағы географиялық объект атамалары, көшелер, гүзарлар, мәҳәллелер, майданлар, бағларға ҳәм елатлы пунктлериниң басқа да қурамлық бөлеклерине атамалар бериўде Өзбекстан Республикасының “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Нызамының 4-статьясы талапларына қатаң әмел қылыўға миннетленсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық кеңесинин депутатлары аймақларда мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам талапларының орынланыўы үстинен турақлы түрде жәмәәтшилик қадағалаўын алып барсын.
  2. Барлық буўындағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары усы шешимниң орынланыў барысы ҳақкында 2021 жылдың 1 июль сәнесине шекем халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериўге миннетленсин.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Социаллық-раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери» бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетовқа жүкленсин.

 

15.12.2020 11:10:29 318