«Өзбекстан Республикасының «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы туўралы»

15.12.2020 11:09:20 258 Баспаға шығарыў

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының 2020 жыл 1-декабрьдеги 01/06-санлы депутатлық сораўы тийкарында «Өзбекстан Республикасының «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы туўралы  мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. «Өзбекстан Республикасының «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыў барысы туўралы мәселе бойынша Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Район ҳәкимлиги ҳәмде тийисли шөлкемлер тәрепинен «Өзбекстан Республикасының «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамы талапларының район аймағында орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Район ҳәкимлиги, тийисли жәмийетлик бирлеспелер менен биргеликте район аймағындағы мадений мийрас объектлериниң тарийхы ҳәм әҳмийети, сондай-ақ монументаллық ҳәйкеллер ҳәмде бюстлери орнатылған уллы тулғалар ҳаққында кең жәмийетшилик, әсиресе жаслар арасында угит-насиятлаў жумысларын буннан былайда күшейттириў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  4. Кегейли районлық мәденият бөлими (С.Хожанов) ҳәмде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен район аймағындағы мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм абайлап асыраў ҳәмде олардан пайдаланыў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин;
  5. Кегейли районлық мәденият бөлимине (С.Хожанов):

– районымыз аймағында жайласқан кадастр дизиминен өтпеген мәдений мийрас  объектлер, монументаллық ҳәйкеллер ҳәмде бюстлердиң белгиленген тәртипте кадастр ҳүжжетлерин таярлаў;

–  «Ийшан қала», «Шиблий ата», архитектуралық комплекслерине алып баратуғын жол бойында ҳәмде объект жанында атамасы жазылған белгилерди белгиленген тәртипте қайта жазыўды шөлкемлестириў, тәртипке келтириў ҳәм орнатыў жумысларына байланыслы болған қаржы дереклерин излеп табыў бойынша усыныс киритсин ҳәм әмелге асырыўға миннетленсин.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына пуқаралар жыйыны аймағындағы мәдений мийрас объектлер, монументаллық ҳәйкеллер ҳәм бюстлерди абайлап асыраў, олардан мақсетке уғрас пайдаланыў ҳәмде әхмийети ҳаққында халық арасында кеңнен угит-нәсиятлаў жумысларын турақлы турде алып барыўға миннетленсин.
  2. Кегейли районлық мәденият бөлими (С.Хожанов), районлык дене тәрбия ҳәм спорт бөлими (Б.Даулетов) тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте жаслар арасынан талантлыларды излеп табыў мақсетинде карантин талапларына әмел қылған ҳалда районымыз аймағында жасап өткен уллы тулғалар «Есжан бақсы», «Сапалақ палўан» ҳәм «Жақабай палўан»лардың естелигине бағышлап таңлаўлар ҳәм турнирлер өткерип барыўды дәстүрге айландырыў бойынша айқын иләжлар белгилесин;
  3. Кегейли районы ҳәкимлигине «Ийшан қала» архитектуралық комплексин қайта реставрация қылыў ҳәмде әтирапын абаданластырыў мақсетинде қаржы мәселесин шешиў бойынша жоқары басшы уйымларға усыныс пенен шығыўға усыныс етилсин.
  4. «Кегейли турмысы» газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Т.Мухиятдинова) район аймағындағы мәдений мийрас объектлер, монументаллық ҳәйкеллер ҳәм бюстлер, жасап өткен уллы тулғалар, сондай-ақ дыққатқа ылайық орынлар ҳаққында материалларды турақлы турде сәўлелендирип барсын.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Социаллық-раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери» бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) ҳәмде Өзбекстан «Миллий тикланиш» партиясының халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарына жүкленсин.

 

15.12.2020 11:09:20 259