Кегейли районын 2020-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2021-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Муратбай Абдировтың район халқына мүражаты ҳаққында

14.12.2020 11:05:43 175 Баспаға шығарыў

Кегейли районын 2020-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2021-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Муратбай Абдировтың район халқына мүражаты ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамының 6-ҳәм 24-стаьяларына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районын 2020-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2021-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Муратбай Абдировтың район халқына мүражаты ҳаққындағы баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Районлық сектор басшыларына (М.Абдиров, А.Бекимбетов, И.Салиев, С.Даулетбаев):

– социал-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың Жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларыын асырыў бойынша белгиленген режелердиң жыл ақырына толық орынланыўын тәмийинлеў;

– жаңадан киши санаат кәрханаларын шөлкемлестириў арқалы санаат кәрханалар ҳәм киши бизнес субъектлери тәрепинен өнимлерди ислеп шығарыў көлемин, сондай-ақ, тутыныў товарларының өсиў дәрежесин ҳәм Республикадағы үлесин жоқарылатыў бойынша илажлар белгилеў;

– исбилерменлик субъектлери тәрепинен туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын тартыў, экспорт режелериниң орынланыўын тәмийинлеў, районлық коммерциалық банк филиаллары менен биргеликте физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеңиллетилген кредит қаржыларының ажыратылыўын тәмийинлеў;

– барлық жөнелислер бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың режеде белгиленген мўддетлерде иске түсирилиўин ҳәм усы арқалы жаңа бос жумыс орынларының жаратылыўын тәмийинлеў;

– районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте алдыңғы исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў арқалы жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў жумысларын алып барыў;

– кем тамийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған ҳәм “Темир дәптер”ге киритилген шаңарақлардың жумыссыз ағзаларын, сондай-ақ, “Ҳаяллар даптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киритилген жумыссыз пуқараларды турақлы жумыс орынлары менен бәнт етиў арқалы, олардың турақлы  дәрамат дереклерин жаратыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў;

– район халкының ишимлик суў менен тамийинлеў дәрежесин турақлы түрде үйренип барыў ҳәм машқалалы аймақларда жаңадан ишимлик суў тармақлары қурылысы ҳәм реконструкциясы бойынша усыныслар киритип барыў;

– аўыл хожалығы тараўында суў тежеўши технологияларды кеңнен енгизиў арқалы суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўды жолға қойыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

–  районда балықшылық, қояншылык, шарўашылық хожалықларын раўажландырыў арқалы халықтың гөш ҳәм балық өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша жумысларды алып барыў;

– район аймағында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 3-7 жастағы балаларды қамтып алыў дәрежесин асырыў, әсиресе 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў топарларына тартыў жумысларын шөлкемлестириў;

– район аймағындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшыларға билим бериў дәрежесин асырыў, педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў бойынша илажлар белгилеў;

– халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина тараўындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды тажирийбели шыпакерлер менен тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў;

– район халқының дене-тарбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыў дарежесин асырыў, аймақларда спорт объектлериниң сақланыўын тәмийинлеў, әсиресе бул объектлерде жаслардың спорт пенен шуғылланыўына мүмкиншиликлер жаратыў;

– жасларды музыка ҳәм көркем-өнер тараўына болған қызығыўшылықларын анықлаў ҳәм жасларымызға бул тараўды шуғылланыўына мүмкиншиликлер жаратыў бойынша илажлар белгилеў;

– район аймағында ишки туризмди раўажландырыў , тарийхый орынлар, сондай-ақ, халық көп баратуғын орынларда абаданластырыў жумысларын алып барыўды шөлкемлестириў тапсырылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына:

– депутатлық қадағалўды орнатыўда Кегейли районы аймағында округлери бойынша бириктирилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары менен тығыз байланыста бирге ислесиўди тәмийинлеў;

– белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде турақлы ҳәм системалы түрде мониторинг алып барыў;

– жергиликли ҳәкимият тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўды ҳәмде орынларда депутатлық үйрениўлерди жолға қойыў тапсырылсын.

  1. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети (Т.Мухиятдинова) усы шешим қабыл етилгенлиги ҳаққында ғалаб-хабар қуралларында жәрия етиўи белгилеп қойылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалап барыў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялары баслықларына жүклетилсин.
14.12.2020 11:05:43 176