Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2020-жыл 18-ноябрдеги 54/14-санлы шешиминиң қосымшасына өзгерислер киритиў ҳаққында

11.12.2021 16:02:13 161 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 9-декабрь күнги «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы ЎРҚ-589-санлы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 119 ҳәм 126 статьяларына муўапық, Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2020-жыл 3-шереги дәраматларының режеден артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржыларын мақсетке муўапық жумсалыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Н.Ещановтың усынысын есапқа алып, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Н.Ещановтың усынысы мақуллансын.
  2. «Районда 2021-жыл май айына шекем халықты тийкарғы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ушын 133,0 млн.сўм қаржыны ажыратыў ҳаққында»ғы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2020-жыл 18-ноябрдеги №54/14 санлы шешиминиң 2-қосымшасының 4-бәнти бийкар етилип, ажыратылған пуллар жергиликли бюджет есабына қайтарылсын.
  3. Усы қайтарылған 133,0 млн.сўм қаржының жумсалыўы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Кегейли районы қаржы бөлими (К.Жиенбаев), усы қаржыларды ажыратыўда Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары, ҳүкимет тәрепинен белгиленген ең әҳмийетли иләжлар ҳәмде аймақларды
    социал-экономикалық раўажландырыў дәстүрлеринде көзде тутылған иләжларды әмелге асырыў, аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, жағдайы аўыр социаллық объектлери жақсылаўға, социаллық қорғаўға мутәж, кем тәмийинленген ҳәм майып пуқараларды ҳәм жалғыз баслы нураныйларды материаллық қоллап-қуўатлаў, зәрүр болған бирлемши азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге итибар қаратсын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлигинде усы шешимниң орынланыўын турақлы үрде қадағалаўға алсын ҳәм орынланыўын ҳәр шерек жуўмағы менен мәжилислерде додалап барсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны атқарыў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Калханов) ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.
11.12.2021 16:02:13 162