2022-2024 жылларда Кегейли районында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында

14.12.2021 10:50:24 251 Баспаға шығарыў

2022-2024 жылларда Кегейли районында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. 2022-2024 жылларда Кегейли районында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Б.Аннақуловтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2022-2024 жылларда Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў туўралы ѳткерилген Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 17-ноябрьдеги 03-02/1-2666-санлы мәжилис баянламасы ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 24-ноябрьдеги “Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибине тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы 709-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  3. Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарлары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Тастыйықланған аймақларды қәнийгелестириў жѳнелислери жыл даўамында резервтеги аўыл хожалығына мѳлшерленген жерлер бойынша жойбарлар таярлаў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп қойылсын.

5.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған

 

Ж О Й Б А Р Л А Р Ы

 

Жойбар Жөнелиси Контур рақамы Улыўма майдан

(га)

Егислик майдан

(га)

1 1 Ыссыхана 10274,10275 16,55 11,61
2 2 Қусшылық 7734, 7737, 7735, 7733, 7732, 7731, 7813, 8008, 8007, 8005, 6496, 6490, 6491, 6489, 6486, 6447, 6426, 6425, 6416, 6429, 6428, 6414, 6392, 6431, 6436, 6430, 6394, 6432, 6433, 6415, 6413, 6412, 6411, 6410, 6409, 6407, 6406, 6398ч 245,86 117,35
3 3 Қусшылық 7526, 8469, 8483 21,5 19,5
4 4 Шарўашылық 5302, 5303, 5305, 5301, 5321, 5306, 5304, 5319, 5320 74,55 15
5 5 Шарўашылық 3277к, 3246, 3248, 3245, 3221, 3222, 3223 67,85 46,34
6 6 Шарўашылық 2609, 2610, 2611к, 2612, 2613, 2614к, 2617, 2647, 2649к, 2650, 2652 69,25 20,33
7 7 Шарўашылық 2469, 2471, 2467, 2458, 2257, 2254, 2268 56,57 20,68
8 8 Шарўашылық 2200, 2201, 2202, 2203, 2204, 2207 72,19 25,43
9 9 Шарўашылық 2180, 2183, 2184, 2184, 2185, 2205, 2206, 2208, 2209к, 2213, 2210 94,71 31,96
10 10 Шарўашылық 4392, 4390, 4388, 4386, 4385, 4393, 4389, 4383 53,11 34,55
11 11 Шарўашылық 2074, 2653, 2654, 2655, 2656, 2657, 2658, 2659, 2660, 2661 59,07 23,12
12 12 Шарўашылық 4971, 4972, 4973, 4974, 4975, 4984ч, 4976, 4977, 4978, 4980, 4982 69,05 27,59
13 13 Шарўашылық 5512, 5514, 5515, 5516, 5590, 5591, 5592, 5587 45,25 26,4
14 14 Шарўашылық 5499, 5500, 5501, 5505, 5506, 5507, 5508, 5509, 5510, 5511, 5512ч, 5513 42,16 24,41
15 15 Баў-бақша 8772 16,06 15,43
16 16 Пахта-ғәлле 1305,1306,1544,1544, 1545,1546 36,73 32,28
17 17 Пахта-ғәлле 1233, 1234к, 1235, 1272, 642, 644, 645, 646, 647, 648, 649, 651, 652, 653, 654, 657, 658, 1273 101,2 57,79
18 18 Пахта-ғәлле 579, 580, 581, 582, 583, 585, 586, 713, 715, 717, 725, 726, 727, 728, 729, 730к, 731, 732, 733, 735, 736, 737, 738, 740, 742, 749, 750, 777, 587, 589 177,02 113,18
19 19 Пахта-ғәлле 5384, 5386, 5387, 5388, 5389, 5395, 5396, 5397, 5398, 5399, 5400, 5401, 5402, 5403, 5404, 5405, 5406, 5407, 5422, 5423, 5424, 5425, 5428, 5431, 5432, 5433, 5434, 5435, 5451, 5645, 5646, 5647, 5648, 5649, 5650, 5651, 5652, 5668, 5669, 5670, 5671, 5672, 5673 247,17 108,62
20 20 Пахта-ғәлле 376 контурда жайласкан 2903,61 183,13
21 ПҚ-20 карар Дийхан хожалық № 7039, 7071, 7073, 7843, 7614, 6632, 6630, 6452, 6449, 6455, 6457, 6604, 6601,  7868, 7868, 7776 103,86 50,98
22 ПҚ-20 карар Дийхан хожалық 814, 696, 828 22,02 13,88
23 ПҚ-20 карар Дийхан хожалық 5949, 5305, 5528 28,96 24,27
24 ПҚ-20 карар Дийхан хожалық № 1889, 1894, 2467, 2598, 2648, 2993, 3044к, 3047, 3124, 3213, 32153218, 3219, 3224, 3225, 3226 149,9 72,45
25 ПҚ-20 карар Дийхан хожалық 10369 7,88 7,32
ЖАМИ 4782,08 1091,32
14.12.2021 10:50:24 252