Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар туўралы Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары П.Өтениязовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша аймакларда резервтеги бос турған жер майданлары есабынан дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын ижараға бериў мақсетинде ашык электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар 1-қосымшаға, юридикалық шахсларға аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкаларын ижараға бериў мақсетинде ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Тастыйықланған аймақларды қәнийгелестириў жѳнелислери жыл даўамында резервтеги аўыл хожалығына мѳлшерленген жерлер бойынша жойбарлар таярлаў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясынаҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (П. Өтениязов) жүкленсин.