Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын муўапықластырып барыў, орайға жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы Д.Ордашовтың мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын муўапықластырып барыў, орайға жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы тәрепинен мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын муўапықластырып барыў, орайға жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
- Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Д.Ордашов), мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилери:
– мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен анықланған машқалаларды комплекс үйренип барыў, анализлеў ҳәм системалы шешиў, сондай-ақ орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– ҳәким жәрдемшилериниң хызмет жумысына байланыслы болмаған ўазыйпалар ҳәм жумысларға тартылыўына жол қойылмаслығын тәмийинлеў;
– халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң машқалалары менен ислеўде ҳәм тәсиршең жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыўда ҳәким жәрдемшилерине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиў;
– аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар басшылары менен бирге ислесиў жумысларына жаңаша жантасыў;
– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўде нызам талапларына қатаң әмел қылыў ҳәм оларды шешиў бойынша айқын илажлар белгилеў;
– «Темир дәптери»не киритилген шаңарақлар, «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»не киритилген жаслар ҳәмде ҳаял-қызлардың машқалаларын үйренип, оларға анық жөнелислер бойынша мәнзилли көмеклесип барыў тапсырылсын;
– ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында “Халықты исбилерменликке тартыў жамғармасы” қаржылары есабынан мәҳәллелердеги жумыс пенен бәнт болмаған халықтың исбилерменлик ҳәм турақлы дәрамат келтириўши жумыс пенен шуғылланыўды жолға қойыў мақсетинде оларға ыссықхана қурыў, қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын қудық қазып бериў, әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алып бериў ушын ажыратылып атырған кредитлер ҳәмде субсидиялардың мәнзилли ҳәм мақсетли жумсалыўын қатаң қадағалаўға алсын.
– әмелге асырылып атырған реформаларда өзиниң белсене қатнасы, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша басламалары менен басқаларға өрнек болып, өзине бириктирилген мәҳәллени социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша нәтийжели мийнет етип атырған ҳәким жәрдемшилерин сыйлықлаў бойынша усыныслар киритип барсын;
– ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде район ҳәкимлигиниң экономика ҳәм инвестиция комплекслерине кириўши бөлимлери ҳәмде коммерциялық банклердиң районлық филиаллары жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте ҳәр бир ҳәким жәрдемшилери өзине бириктирилген мәҳәллени раўажландырыў бойынша 2023 жылға мөлшерленген “жол карта”ларын ислеп шықсын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин.
– усы шешимниң орынланыў барысы ҳаққында 2023 жылдың 1-апрель сәнесине халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариатына жазба мағлыўмат бериў тапсырылсын.
- Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығының әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессиясында есабат берип барыўы белгилеп қойылсын.
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.