ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлар ҳәм ғәрежетлер бөлегиниң орынланыўы бойынша Қәўендерлик кеңеси баслығының есабаты ҳаққында.

03.02.2023 17:24:31 279 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы “Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 145-санлы Қарарына муўапық Қәўендерлик кеңесиниң “Ҳаяллар дәптери” жамғармасының дараматлары ҳәм ғәрежетлери бөлегиниң орынланыўы бойынша есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. “Ҳаяллар дәптери” жамғармасының дараматлары ҳәм ғәрежетлери бөлегиниң орынланыўы бойынша Қәўендерлик кеңеси баслығы Г.Хожамбергенованың есабаты мағлыўмат ушын кабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары- шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы, “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы Қәўендерлик кеңеси баслығы (Г.Хожамбергенова):

– “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы қаржыларын белгиленген тәртипте мақсетли ҳәм мәнзилли сарпланыўы бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

–  “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлары ҳәм қарежетлери жыллық  параметрлериниң мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында ҳәр бир мәҳәлле кесиминде бөлистирилиўин тәмийинлесин;

– “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы қаржыларынан пайдаланыўда ҳәм бөлистирилиўинде әдиллик принциплерине әмел қылған ҳалда ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийинлесин.

  1. Қаўендерлик кеңеси баслығының ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дараматлары ҳәм ғәрежетлериниң орынланыўы бойынша есабат берип барыўы белгилеп қойылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
03.02.2023 17:24:31 280