ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында.

03.02.2023 17:22:26 205 Баспаға шығарыў

Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында” ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы орынбасары Қ.Алланазаровтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәмде тийисли мәкеме, қәрхана, шөлкемлер тәрепинен Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасында белгиленген жойбарлардың орынланыўын тәмийинлеўде кемшиликлерге жол қойылғанлығы атап өтилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Қулмуратов, А.Аманбаев), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ. Алланазаров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының 2022 жылда орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумысларда жиберилген                                    қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– жумыссыз пуқараларды хызмет көрсетиў тараўы бойынша кәсипке оқытыў ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қойыўға көмеклесиў жумысларын алып барыў;

– хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша ҳәр бир аймақтың талабына қарап хызметлер түрлерин кеңейтиў,  аўыллық орынларда транспорт, зиярат туризми, саўда ҳәм басқа да хызмет түрлерин кеңейтиў жумысларын алып барыў ўазыйпалары тапсырылсын.

  1. Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов) хызметлер тараўында жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлерине жумысларын баслаўда зәрүр болған кредит қаржыларын өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.
  2. Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары аймақларда хызметлер тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы депутатлық қадағалаў жүргизсин.
  3. “Кегейли турмысы” газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов), Кегейли районы ҳәкимлиги мәмлимлеме хызмети (Н.Даўенова) хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  4. Усы шешимниң орынланыўы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәм Кегейли районы экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы орынбасары Қ.Алланазаровқа жүкленсин.
03.02.2023 17:22:26 206