Соңғы жылларда суд-ҳуқық системасын жәнеде жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейттириў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәмде судьялардың жәмийеттеги ролин асырыў бойынша изшил жумыслар алып барылмақта.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаў процессинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа көтерилди.
Суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўда суд ҳәкимиятының ашықлығы мәселесиндеде бир қатар нәтийжелерге ерисилди.
Суд ислерин көшпели суд мәжилислеринде көрип шығыў әмелиятының кеңейттирилгенлиги халық пенен ашықтан ашық сөйлесиўди жолға қойыў имканиятын берди.
Күн тәртибиндеги мәселени қарап шығып, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси жынаят ислери бойынша Кегейли районлық суды тәрепинен 2022 жыл даўамында нызам үстемлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтеди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының мәлимлемесин тыңлап ҳәм билдирилген пикирлер ҳәмде усынысларды инабатқа алған ҳалда ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Бекмуратованың 2022 жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды (Р.Бекмуратова) жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўде профилактикалық ис-илажлар ролин жаңа басқышқа көтериў, әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған иләжларды белгилесин.
- Кегейли районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимине (Г.Хожамбергенова) пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери менен биргеликте нотыныш шаңарақларды анықлаў, шаңарақлық ажырымлардың алдын алыў ҳәмде ҳуқықбузарлықлар жүз берилиўине имканият жаратылып атырған шарт-шараятларды әмелде сапластырыўға қаратылған илажларды күшейттириў лазымлығы айрықша көрсетип өтилсин.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында додаланыўын шөлкемлестириў, судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын халықты ҳәм мәкеме, кәрханалар хызметкерлерин кеңнен тартқан ҳалда турақлы түрде шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша” турақлы комиссиясына (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:
– жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жүз берген жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың алдын алыў, сондай-ақ жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барсын;
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша» турақлы комиссиясына жүкленсин.