Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, тийисли тараў басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының
2022 жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси ҳаққында;
– Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында;
– Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери ҳәмде аймақларда жүз берген аўыр түрдеги жынайый аўҳаллар ҳаққында;
– “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлар ҳәм ғәрежетлер бөлегиниң орынланыўы бойынша Қәўендерлик кеңеси баслығының есабаты ҳаққында;
– Кегейли районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын муўапықластырып барыў, орайға жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында;
– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
Күн тәрибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети