ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

01.02.2023 17:50:35 135 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлар ҳәм ғәрежетлер бөлегиниң орынланыўы бойынша Қәўендерлик кеңеси баслығының есабаты ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.
Рәсмий сайтта бақлап барыў:

01.02.2023 17:50:35 136