ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ӘМЕЛДЕ

31.01.2023 09:23:53 168 Баспаға шығарыў

Кейинги жыллары республикамызда халықтың жасаў  шараятын жақсылаў,  аўыллардың, мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былайда раўажландырыў бойынша Президент пәрманлары ҳәм қарарлары тийкарында бир қатар  илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл  25-октябрде қабыл етилген “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-408-санлы қарарына муўапық аймақларды абат етиў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы түрде ҳал етиў, әсиресе, орынларда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм басқада инфраструктура объектлернин жақсылаў, солар тийкарында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Президент қарарына бола Кегейли районы аймағындағы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында бир қатар қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленген.

Атап айтқанда, бағдарламаға муўапық 2022-2023-жылларда Кегейли районы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары аймақларында жәми  12 объектте жәми 6 миллиард 920 миллион сўмлық,  соныӊ ишинде ишки жолларды оӊлаў бойынша 7 объектте 2 миллиард 450 миллион сўмлық, ишимлик суў тәмийнаты бойынша 4 объектте 4 миллиард 117 миллион сўмлық ҳәм ишки көшелерге түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў бойынша 350 миллион сўмлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген болып, бүгинги күнге келип бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнге жойбарлаўшы кәрханалар тәрепинен аймақларда ислениўи керек болған қурылыс объектлериниң жойбарлаў-сметалық хүжжетлери таярланып, электрон тендер саўдасы арқалы жеңимпаз болған кесип алып ислеўши кәрханалар тәрепинен қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын пәт пенен алып барылмақта.

Атап айтканда:

“Нурлы бостан”  мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  Нурлы гузар (бурыңғы А.Пирназаров) ҳәм Улуғбек  көшелериниң
жәми 0,353 км аралықтағы жолларына киши оӊлаў жумыслары  толық  орынланды.

Сондай-ақ, “Абат макан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,677 км, “Қуяшлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 2,359 км, “Жалпақ жап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,128 км, “Гүжим терек” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,108 км, “Халқабад” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 0,795 км, “Бахытлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 1,075 км болған ишки көше жолларына оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, “Қуяшлы”, “Гүжим терек”, “Халқабад” мәкан пуқаралар жыйынлары аймағынан ишимлик суў тармақларын реконструкция қылыў жумыслары ҳәмде “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Т.Қайыпбергенов (бурыңғы Ж.Қайыпбергенова), Бердақ шайыр (бурыңғы Бердақ), Ҳүрлиман (бурыңғы Е.Хожаев), Әмиў таңы (бурыңғы Е.Еримбетов) Беглер Беги ҳәм Жиен жыраў көшелерине түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Президент қарарының орынланыў барысы ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессия мәжилислеринде қарап шығылып, тийисли жуўапкер хызметкерлердиң есабатлары тыңланып барылмақта.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен Президентимиздиң бул қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети орынларға шығып кең жәмийетшиликке түсиндирилмекте ҳәм қарарға муўапық ҳәр бир объектте әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының  өз мүддетлеринде пайдаланыўға тапсырылыўы ҳәм сыпатлы орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаў жумыслары турақлы түрде алып барылады.

 

У.УТЕГЕНОВ.

Халық депутатлары

Кегейли районлық

Кеңеси секретариат баслығы.

31.01.2023 09:23:53 169