ДЕПУТАТ ОКРУГ АЙМАҒЫНДАҒЫ ШАҢАРАҚЛАРДА БОЛДЫ

31.01.2023 09:16:51 111 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Г.Жуманазарова “Халқабад” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында үйме-үй жүрип өз сайлаўшылары менен сәўбетлесиўлер өткерди. Сәўбетлесиўлер барысында шаңарақ бизнесин раўажландырыў бойынша сораўлар түсти, берилген сораўлар бойынша тийисли мәсләҳәтлер берилди.
Сондай-ақ ушырасыўлар барысында депутат Г.Жуманазарова Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы пәрманының Қарақалпақстан халқы ушын әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында түсиниклер берди.

31.01.2023 09:16:51 112