ДЕПУТАТ ОКРУГ АЙМАҒЫНДАҒЫ ШАҢАРАҚЛАРДА БОЛДЫ

31.01.2023 09:15:29 179 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутаты Б.Бегжанов “Жаңабазар” аўыл пуқаралар жыйыны “Ашамайлы” аўылы елатлы пункти аймағында үйме-үй жүрип пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерди. Депутат Б.Бегжанов ушырасыў барысында Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2022-жыл 31-август күнги “Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы пәрманы ҳәм алып барылып атырған реформалар ҳаққында, сондай-ақ пуқаралар тәрепинен қызықтырылған сораўларына түсиниклер берилди. Ушырасыў барысында жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық жәрдемлер берди.

31.01.2023 09:15:29 180