ДЕПУТАТ ОКРУГ АЙМАҒЫНДАҒЫ ШАҢАРАҚЛАРДА БОЛДЫ

31.01.2023 09:12:54 126 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутаты Г.Темирбекова “Көк өзек” аўыл пуқаралар жыйыны Т.Ещанов аўылы елатлы пункти аймағында үйме-үй жүрип пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерди. Депутат Г.Темирбекова сәўбетлесиўлер барысында ҳәзирги ўақыттағы елимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги “Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы пәрманының мазмун-әҳмийети ҳаққында түсиниклер берди.

31.01.2023 09:12:54 127