2023-ЖЫЛДЫҢ 1-ЯНВАРЬ ЖАҒДАЙЫНА СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

30.01.2023 17:45:30 322 Баспаға шығарыў

2023-жылдың 1-январь ҳалатына  Кегейли районы аймағында 1419 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери  740 ти  қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны  701 субъект болып,  соннан  157 субъект   жыл басынан жаңадан ашылып  бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 104, қурылыс кәрханалари саны 68, саўда кәрханалари саны 185, ҳәмде ҳ.т.б 151 кәрханалардан ибарат.

2023 жылдың 1-январь халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 312,6 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы  8,4 млн. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 242,6 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 191,5 млрд сум болып 112,6 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.

 

         Кегейли районы статистика бөлими

30.01.2023 17:45:30 323