ДЕПУТАТ ОКРУГ АЙМАҒЫНДАҒЫ ШАҢАРАҚЛАРДА БОЛДЫ

29.01.2023 17:22:39 109 Баспаға шығарыў

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Г.Темирбекова  “Көк өзек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып үйме-үй айланып пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерди. Сәўбетлесиў барысында анықланған машқалалар бойынша тийисли тәртипте жуўапкер мекеме ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўлары жиберилип орынланыўын қадағалаўға алатуғынлығы айтып өтилди.

Ушырасыўлар барысында депутат Г.Темирбекова Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы пәрманының әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында түсиниклер берди.

29.01.2023 17:22:39 110