ДЕПУТАТ ОКРУГ АЙМАҒЫНДАҒЫ ШАҢАРАҚЛАРДА БОЛДЫ

29.01.2023 17:19:30 165 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Г.Жуманазарова  “Халқабад” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында үйме-үй жүрип өз сайлаўшылары  менен сәўбетлесиўлер өткерди. Сәўбетлесиў барысында анықланған машқалалар ҳәм сораўлар бойынша тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Ушырасыўлар барысында депутат Г.Жуманазарова Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы пәрманының Қарақалпақстан халқы ушын әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында түсиниклер берди.

29.01.2023 17:19:30 166