ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

28.01.2023 10:03:16 134 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде:
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 16-июньдағы “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиӊ жумысыныӊ ашықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-6247-санлы Пәрманында белгиленген район ҳәкимлигиниӊ рәсмий веб-сайтында ашық мағлыўматлардыӊ жайластырылыў барысын үйрениў нәтийжелери ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып тийисли шешим қабыл етилди.

28.01.2023 10:03:16 135