ЖУМЫССЫЗЛЫҚ НАПАҚАСЫ КИМЛЕРГЕ ҲӘМ ҚАНША ДӘЎИРГЕ ТӨЛЕНЕДИ?

16.09.2022 10:29:28 234 Баспаға шығарыў

Жумыссыз шахстың напақа алыў ҳуқықы ол жумыс қыдырып атырған шахс сыпатында дизимнен өткен ўақыттан баслап кеши менен он биринши күнинен баслап күшке киреди.

Жумыстан айрылған, биринши мәрте жумыс қыдырып атырған, сондай-ақ ўзақ (бир жылдан артық) тәнепистен кейин мийнет искерлигин қайта баслаўды қәлеген ҳәм жумыссыз деп тән алынған шахларға жумыссызлық напақасы төленеди.

Жумыссызлық напақасы жумыссыз деп тән алынған шахсқаол жумыс қыдырып атырған шахс сыпатында жергиликли мийнет органында дизимнен өткен күннен баслап тайынланады.

Қарамағында үш адамға шекем болған, 35 жасқа толмаған жумыссыз еркекке жумыссызлық напақасы, ол ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларында белгиленген  тәртипте қатнасқан ўақытта ғана төленеди.

Жумыссыз шахстың напақа алыў ҳуқыкы, ол жумыс қыдырып атырған шахс сыпатында дизимнен өткен ўақыттан баслап кеши менен он биринши күнинен баслап күшке киреди

Жумыссызлық напақасы көби менен:

  • жумыстан ҳәм ис ҳақысынан (Мийне дәраматынан) айрылғанямаса узақ (бир жылдан артық) тәнепистен кейин мийнет искерлигин қайта баслаўға ҳәрекет қылып атырған шахсқа 12 айлық дәўирде ишинде 26 календарь ҳәпте;
  • алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс қыдырып атырған шахсқа болса 13 календарь ҳәптеге төленеди.

 

ИКМЕТУЛЛАЕВ БАХАДЫР БАЙЖАНОВИЧ

Кегейли районы

әдиллик бөлими баслығы ў.ў.а.

2 дәрежели юрист

16.09.2022 10:29:28 235