Аўыл хожалығына байланыслы ўазыйпалар белгиленди

25.01.2023 09:06:05 382 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Онда тийкарынан 2023-жыл ушын аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын жумыслар, тийкарынан, бәҳәрги егис ушын техникаларды техник көриктен өткерип, таяр ҳалатқа келтириў, шор жуўыў жумысларын өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм усы сыяқлы басқада әҳмийетли болған жумысларды өз ўақтында орынлаў бойынша сәўбетлесилип, жуўапкерлерге бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети

25.01.2023 09:06:05 383