ОҚЫЎ СЕМИНАР БОЛЫП ӨТТИ.

25.01.2023 19:06:50 296 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигинде Халық депутатлары Кегейли районлық  Кеңесиниң депутатлары, секретариат хызметкелери ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының билимин арттырыўға бағышланған “Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жолланған Мүрәжатнамасының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳәмде ондағы белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли” атамасында оқыў-семинар болып өтти.

Оқыў-семинарға, районлық Кеңес депутатлары, секретариат хызметкерлери, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Оқыў-семинардың бағдарламасына муўапық “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, әдиллик бөлими ҳәмде мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими қәнигелери тәрепинен Мүрәжатнамадағы белгиленген баслы ўазыйпалар, депутатлардың нызамлы ҳуқық ҳәм ўәкилликлери ҳәмде олардың ғалаба хабар қураллары менен ислесиў усыллары, пуқаралар жыйынларында атқарыўшылық интизамы ҳәм ҳүжжетлер менен ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў тәртиби ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Районлық Кеңес депутатлары, секретариат хызметкерлери ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының жуўапкершилигин арттырыў ҳәмде искерлигин буннан былайда жетилистирип барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Оқыў-семинар соңында қатнасыўшылар өзлери қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар алды.

25.01.2023 19:06:50 297