Елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен балалардың ҳуқықларын қорғаў, әсиресе жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар ҳуқықлары, олардың еркинликлери, нызамлы мәплериин қорғаў, сондай-ақ, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Буның айқын мысалы сыпатында жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды турақ-жай менен тәмийинлеў бойынша Президентимиздиң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-5216 санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар талапларына муўапық Ҳүкиметимиз тәрепинен қаржы ажыратылып Кегейли районында дизимде турған турақ-жайға мүтәж 8 жасқа барлық қолайлықларға ийе турақ-жай алып берилип, бүгин, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов, район прокуроры И.Абдуллаев ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында жаңа турақ жайлардың гилтлери өз ийелерине тапсырылды.
2023-жыл бул жаслар ушын қуўанышлы хабары менен есте қаларлықтай жыл болып басланды. ϴйткени олар, ҳәр бир инсан арзыў ететуғын ɵз үйлерине ийе болды. Итибарлысы болса, бул жаслардың бәршеси келешегинен үмит күттиретуғын жаслар. Айтажағымыз, олар ɵзлерине берилген имканиятлардан толық пайдаланып, 5 жас жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында оқып билим алып атыр.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети