ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТНАМАСЫНЫҢ МАЗМУН-ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

23.01.2023 09:52:29 354 Баспаға шығарыў

Кегейли районы “Баркамол авлод” балалар мектебинде мектеп жәмәәти, мәҳәлле пуқаралары, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Н.Аметова, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жуўапкер хызметкери ҳәм Кегейли районы Кеңеси баслығы М.Мырзатаев қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў мәжилиси болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун ҳәм әҳмийети бойынша кеңнен түсиниклер берилди.

23.01.2023 09:52:29 355