Мүрәжат бойынша аўыл халқы менен сәўбетлесиў өткерилди

21.01.2023 09:25:28 149 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйыны Байрақлы аўылында жасаўшы пуқаралардың “Рейим ата” фермер хожалығынын жумысын тоқтатыў, жер ҳәм суў мәселесине байланыслы болған болған мүрәжаты район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында үйренилип шығылып, аўыл халқы менен сәўбетлесиўлер алып барылды. Фермер хожалығы ҳәм аўыл адамларының арасында келип шығып атырған түсинбеўшилик жағдайларын сапластырыў мақсетинде еки тәрептиң де пикир-усыныслары тыңланды. Аймақ турғынларына әмелдеги нызамшылық бойынша жерге ийелик етиў ҳуқықы ҳәм ижараға бериў шәртнамасының тәртиби толық түсиндирилип, фермер хожалығы баслығының халық алдындағы жуўапкершилик ҳәм миннетлемелери бойынша көрсетпелер берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
➡️@kegeylirkuzofficial

21.01.2023 09:25:28 150